Илажда Өзбекстан Республикасы транспорт министри И.Маҳкамов, Қырғызстан Республикасы транспорт ҳәм коммуникациялар министри А.Сирғабаев, Тәжикстан Республикасы транспорт министри А.Ибрагим, Қазақстан Республикасы транспорт министриниң орынбасары Т.Ластаев, Түркменстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ш.Мередов, сондай-ақ, Әзербайжан Республикасы транспорт ҳәм санлы раўажланыў министриниң орынбасары Ж.Гурбанов қатнасты.
Ушырасыў қатнасыўшылары глобаллық геосиясий турақсызлық, саўда ҳәм транспорт-логистика шынжырларының бузылыўы, азық-аўқат қәўипсизлиги машқалаларының күшейиўи шараятында регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийети ҳәр қашанғыдан да артып атырғанын атап өтти.
Бундай шараятта, атап өтилгениндей, бирге ислесиўдиң жаңа формат ҳәм механизмлерин табыў, улыўма, өз-ара пайдалы мақсетлерди алға қойыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүр.
Мәжилис даўамында Өзбекстан транспорт министри И.Маҳкамов Орайлық Азия мәмлекетлериниң 2035-жылға шекем транспорт тараўындағы бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын «CATRANS-2035» стратегиялық ҳүжжети жойбарына тоқтап өтти.
Ҳүжжет халықаралық саўда-логистика шынжырларына интеграцияланған бирден-бир, нәтийжели, санлы ҳәм экологиялық транспорт мәканын жаратыўға қаратылған.
Жойбар үш тийкарғы бағдарды өз ишине алады: инфраструктураны модернизациялаў, санлы трансформация, институционаллық муўапықластырыў.
«CATRANS-2035» стратегиясын әмелге асырыў регионның транспорт интеграциясы жаңа басқышының беккем тийкары болыўы ҳәм Орайлық Азияны Евроазия регионының ири логистика хабларынан бирине айландырыў имканиятын береди.
Министр И.Маҳкамов ҳүжжетти келисиўди жуўмақлаў ҳәм транспорт министрлериниң гезектеги мәжилисинде қол қойыў, сондай-ақ, белгилеп алынған басламаларды әмелге асырыў бойынша "Жол картасы"н ислеп шығыўды усыныс етти.
Мәжилис қатнасыўшылары Орайлық Азияның дүнья логистикасындағы исенимли шерик сыпатындағы орнын беккемлейтуғын халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлады.
Мәжилис жуўмағында Ташкент коммюникеси тастыйықланды.









