Ташкентте Автомобиль спортын раўажландырыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) делегациясы менен ушырасыў болып өтти

    Спорт 11 желтоқсан 2025 154

    Ташкентте 10-декабрь күни Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) Бас ассамблеясында қатнасыў ушын Өзбекстанға келген Президент Муҳаммад бин Сулайм басшылығындағы Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) делегациясы менен ушырасыў болып өтти.

    Илажда ишки ислер министри Азиз Тошполатов, спортты раўажландырыў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм транспорт тараўына жуўапкер басшылар да қатнасты.

    FIA делегациясы қурамында мобиллик ҳәм туризм бойынша вице-президент Тим Ширман ҳәм турақлы раўажланыў мәселелери бойынша бас хаткер Виллем Грёневальд болды. Өзбекстан тәрепинен Президенттиң спорт бойынша арнаўлы ўәкили Одил Абдураҳмонов, спорт министри Адҳам Икромов, Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары, Азия олимпиада кеңеси вице-президенти Отабек Умаров, Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Ойбек Қосимов, Миллий автоспорт ҳәм картинг федерациясының бас хаткери Алекс Цой, денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, транспорт министрлериниң орынбасарлары қатнасты.

    Ушырасыў қатнасыўшыларының атап өткениндей, автоспорттың раўажланыўы жол ҳәрекети қатнасыўшыларының техникалық саўатлылығы, тезликке жуўапкершиликли қатнасы ҳәм тәртибин қәлиплестириўге хызмет етеди.

    Жолларда қәўипсизлик мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ишки ислер министрлиги жол-транспорт ҳәдийселериниң санын азайтыў, пиядаларды қорғаўды күшейтиў ҳәм жол ҳәрекети қатнасыўшыларының қәўипсиз минез-қулық мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар ҳаққында мәлимлеме берди.

    Тәреплер Өзбекстандағы оқыў орайларына FIAның жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша алдынғы тәжирийбелерин енгизиў, жаслар арасында қағыйдаларға әмел етиў мәдениятын арттырыў, жол инфраструктурасын жетилистириўде заманагөй технологиялар ҳәм халықаралық тәжирийбеден пайдаланыў мәселелерин додалады.

    Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары - мәмлекетимизде автоспортты раўажландырыў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў, халық арасында тәртип-қағыйдаларға әмел етиў мәдениятын арттырыў сыяқлы мәселелер белгилеп алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates