Ташкентте Erasmus+ Миллий офисиниң Өзбекстандағы координаторы менен ушырасыў болып өтти

    Билимлендириў 24 қазан 2025 355

    23-октябрь күни Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов Erasmus+ бағдарламасының Өзбекстандағы Миллий офиси координаторы Азиза Абдураҳманова менен ушырасыў өткерди.

    Сәўбетлесиў даўамында Erasmus+ бағдарламасы шеңберинде Жоқары билимлендириўди реформалаў бойынша экспертлер топары (HEREs) ның бүгинги жумысы ҳаққында мағлыўмат берилип, усы жылдың ақырына шекем режелестирилген илажлар ҳәм басламалар додаланды.

    Тәреплер 2025-жылға мөлшерленген жумыс режеси, соның ишинде, техникалық қоллап-қуўатлаў (ТАМ) миссияларын әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан жоқары оқыў орынларының халықаралық билимлендириў жойбарларында қатнасыўы бойынша пикир алысты.

    2025-жыл ушын Erasmus+ "Жоқары билимлендириў тараўында потенциалды арттырыў" (CBHE) таңлаўы шеңберинде қаржыландырыў ушын таңлап алынған жойбарлар ҳәм оларды нәтийжели әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Буннан тысқары, министрликтиң әнжуманлар режесине ҳәр жылы өткерилетуғын HEREs топарының регионаллық конференциясын киргизиў, студентлердиң ролин жеделлестириў ҳәм оларды Erasmus+ бағдарламаларында қатнасыўын хошаметлеў, 2026-жылы "Кластер ушырасыўы"н өткериўге таярлық көриў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў ашық ҳәм конструктивлик руўхта өтти. Оның жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм Өзбекстанда Erasmus+ бағдарламасын әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates