Илажларда 22 мәмлекеттен 450 компания ҳәм брендлер қатнаспақта. Сырт елли қатнасыўшылардың үлеси дәстүрий түрде жоқары болып, 79 процентти қурайды. Миллий павильонлар Германия, Россия ҳәм Түркия, коллектив экспозициялар Грузия, Иран, Латвия ҳәм биринши мәрте Грузия тәрепинен «Made in Georgia» форматында шөлкемлестирилген.

Көргизбе қурылыстың барлық дәўирин - материалларды жойбарластырыў ҳәм ислеп шығарыўдан баслап, пардозлаў ҳәм инженерлик шешимлерге шекемги процессти қамтып алады. Майданшаларда заманагөй технологиялар, қурылыс техникалары, инновациялық материаллар ҳәм инфраструктуралық қолланбалар көрсетилмекте.

Исбилерменлик бағдарламасының орайлық ўақыясы "Жаңа Өзбекстан: идеялардан кең көлемли шешимлерге қарай" атамасына бағышланған ICCI 2026 халықаралық қурылыс индустриясы конференциясы болды. Додалаўлар процесинде "Жаңа Ташкент" мегажойбарын әмелге асырыў, қурылыс материалларын ислеп шығарыўда инновацияларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

UzBuild мәмлекеттиң жетекши тармақ платформасы ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм исбилерменлик байланысларын кеңейтиўге хызмет ететуғын миллий бренд статусын тастыйықлайды.