Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен 12-январь күни пайтахтымызда Қураллы Күшлер қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлар әскерий бөлимлериниң салтанатлы жүрислери болып өтеди.
Әскерий бөлимлердиң салтанатлы маршы саат 11:00 де басланып, саат 13:00 ге шекем Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетинде (мәнзил: "Пушкин" метро бәндиргиси) даўам етеди.
Мәресим даўамында әскерий бөлимшелер "Паркент" ҳәм "Мустақиллик" көшелери бойлап ҳәрекетленсе, Әмир Темур проспектиндеги тоқтаў орнында ҳүрметли қараўыл командасы ҳәм қол урысы шеберлериниң көргизбели шығыўлары, бөлимлердиң жаўынгерлик шақырықлары ҳәм әскерий оркестрдиң дефилеси өткериледи. Буннан соң әскерий бөлимлер "Мустақиллик" ҳәм "Темирйўл" көшелери арқалы дәслепки пунктке қайтады.
Усы мүнәсибет пенен 12-январь күни саат 11:00 ден 13:00 ге шекем жоқарыдағы көшелерде автотранспорт қуралларының ҳәрекети ўақтынша шекленеди.
Келтирилген қолайсызлықлар ушын кеширим соралып, пуқаралар усы салтанатлы илажларда белсене қатнасыўға шақырылды.