Бул платформа Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2023-жылы Ташкентте болып өткен Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 16-саммитинде туризм тараўын раўажландырыў, ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиўин беккемлеў ҳәм биргеликтеги туризм жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде алға қойылған баслама тийкарында жаратылды.
Илаж Өзбекстан Республикасы Туризм комитети тәрепинен шөлкемлестирилди. Мәжилисте ЭБШ Секретариаты, туризм администрациялары, жеке меншик сектор ўәкиллери ҳәм ағза мәмлекетлердиң экспертлери қатнасты.
Онда тийкарғы итибар регионда туризмди раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын додалаў, тәжирийбе алмасыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектор арасында ҳәрекетлерди муўапықластырыў, турақлы туризм әмелиятын алға қойыў мәселелерине қаратылды.
Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған "Туризм тараўында хызметлерди жақсылаў бойынша жол картасы"н ислеп шығыў усынысы айрықша көрип шығылды.











