Ташкентте таэквондо WT бойынша Корея Республикасы елшисиниң кубогы басланды

    Спорт 4 қыркүйек 2025 748

    Усы күнлерде пайтахтымызда таэквондо WT бойынша Корея Республикасы Елшисиниң кубогы ушын беллесиўлер болып өтпекте. Бүгин турнирдиң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

    "Универсал" спорт комплексинде болып өткен илажда Корея Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён, спорт министри Адҳам Икрамов, МОК баслығының орынбасары, Өзбекстан таэквондо WT ассоциациясының баслығы Шерзод Ташматов қатнасты.

    Мәресимде шығып сөйлеген жуўапкерлер мәмлекетимизде спорттың бул түрин раўажландырыў жаңа басқышқа көтерилип атырғаны, Өзбекстан спортшылары халықаралық майданда жоқары нәтийжелерди көрсетип атырғаны, бундай жарыслар еки мәмлекет арасындағы дослық байланысларды беккемлеўге қосымша түртки болып хызмет етип атырғанын атап өтти.

    Сондай-ақ, барлық қатнасыўшыларды 4-сентябрь - Пүткил жер жүзилик таэквондо күни мүнәсибети менен қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

    Еслетип өтемиз, жаслар арасында өткерилип атырған жарыста республикамыздың барлық аймақларынан келген спортшылар қатнаспақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates