Тексериўлер Ташкент қаласы ИИББ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы, пайтахт ҳәкимлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң аймақлық басқармасы менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Бул илажлардан мақсет реклама жумысын нызамшылық талапларына муўапықластырыў ҳәм қаланың сыртқы көринисин тәртипке салыў болып есапланады.
Соңғы рейдлер даўамында 470 автотранспорт қураллары тексерилип, оларда рекламалар орнатылған. Олардың 390 ы реклама паспортына ийе емес. "Реклама ҳаққында"ғы нызам ҳәм Министрлер Кабинетиниң 104-санлы қарары талапларының бузылыў жағдайлары бойынша тийисли илажлар көрилди.
Қадағалаў илажлары менен бир ўақытта исбилерменлер менен профилактикалық жумыслар да алып барылмақта. Оларға транспорт қуралларына реклама орнатыў тек ғана my.gov.uz порталы арқалы алыў мүмкин болған реклама паспорты болған жағдайда ғана нызамлы есапланатуғыны түсиндириледи.
Айырым айдаўшылар реклама паспортын алыў зәрүрлигинен хабардар емес екенлигин тән алған. Бул бойынша ҳуқықый түсиник жумыслары өткерилип, 389 ескертиў берилген, 1 автомобиль жәрийма майданшасына қойылған. Нәтийжеде автотранспорт линиясы арқалы реклама паспортын алыў бойынша 1 мың 200 ге шамалас мүрәжат келип түскен.
Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, бундай қадағалаў илажлары турақлы түрде өткерип барылады. Бул тек ғана ҳуқық-тәртипти сақлаў емес, ал реклама орнатыў ушын ашық-айдын ҳәм нызамлы шараятлар жаратыў арқалы исбилерменлердиң мәплерин қорғаўға да қаратылған.
Реклама жумысын ҳуқықый майданда алып барыў тек ғана формал талап емес. Бул қаланың эстетикалық көринисин сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, исбилерменлердиң исбилерменлик абырайын арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.











