Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде Мәмлекетлик аудит жоқары мектеби шөлкемлестириледи

    19 желтоқсан 2025 183

    "Мәмлекетлик аудит ҳәм финанслық қадағалаў жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент пәрманы (ПҚ-252-санлы, 18.12.2025-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, 2027-жыл 1-январьдан баслап социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламаларының жойбарларын қәлиплестириўден баслап, пайдаланыўға тапсырыўға шекем болған барлық процесслер толық санластырылады. Бунда төмендегилер анықланды:

    Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң "Капитал қойылмалар" автоматластырылған мәлимлеме системасында раўажландырыў бағдарламаларын электрон форматта қәлиплестириў;

    Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин "Шаффоф қурилиш" платформасында ислеп шығыў ҳәм экспертизадан өткериў;

    "Шаффоф қурилиш" платформасында ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлери тийкарында "Капитал қойилмалар" автоматластырылған мәлимлеме системасында орынланған жумыслар бойынша буйыртпашылар ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилер арасындағы есап-фактураларды келисиўди әмелге асырыў.

    2026-жыл 1-июльден баслап усы процесслер шеңберинде космослық сүўретлер ҳәм дронлар жәрдеминде қурылыс ҳәм қаржыландырыў көлемлерин салыстырыў арқалы автомобиль жоллары қурылысының мониторинги әмелге асырылады.

    2026/2027-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде Билимлендириў бағдары тәризинде Мәмлекетлик аудит жоқары мектеби шөлкемлестириледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates