Ең жақсы әдебий шығармалар, өзин-өзи раўажландырыўға байланыслы китаплар, поэзиялық топламлар ҳәм заманагөй қолланбаларды өз ишине алған жаңа китапқумарлық зонасында жолаўшыларға жолда китап оқыў ҳәм "Мутолаа" жойбары шеңберинде китапларға буйыртпа бериў ушын қолайлы имканият жаратылған.
Оның ашылыў мәресиминде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Отабек Ҳасанов, Жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид шығып сөйлеп, бул баслама жаслардың китапқумарлығын арттырыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға түртки болатуғынын атап өтти.
"Туран китап станциясы" жойбары шеңберинде "Түркстан", "Жипек жолы", "Беруний", "Чилонзар", "Мингурик", "Ташкент", "Дослық" станцияларында да китап стеллажлары орнатылды. Келешекте жойбарды пайтахт метрополитениниң басқа жер асты ҳәм жер үсти линияларында да кеңейтиў режелестирилген.
Жойбардың мақсети - миллионлаған жолаўшылардың күнлик қатнаўларын мазмунлы ҳәм ағартыўшылық руўхта шөлкемлестириў, пайтахтымыздың жәмийетлик транспортында китапқумарлық, илим ҳәм ағартыўшылық мәдениятын үгит-нәсиятлаўдан ибарат.











