Профессионал билимлендириў системасын 2030-жылға шекем реформалаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

халықаралық ҳәм қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизген техникумлардың санын кеминде 250 ге жеткериў;

9-класс питкериўшилерин кәсип-өнер билимлендириўи менен қамтып алыўды әмелдеги 29 проценттен 50 процентке жеткериў;

сырт елде қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкаларда қатнасатуғын педагоглардың санын 100 ден 2 мың 500 ге шекем арттырыў.

Мектеплердиң 10-класс оқыўшыларының оқыўын техникумларға көшириўге рухсат бериледи.

2026-жылдан баслап ҳәр жылы 5-май "Кәсип ҳәм мийнет күни" сыпатында кеңнен белгиленеди. Бул сәне шеңберинде кәсиплердиң тартымлылығын арттырыў ҳәм профессионал билимлендириўди ғалаба ен жайдырыўға қаратылған илажлар шөлкемлестирилмекте.