- Сомалидиң мәмлекетимиздеги биринши елшиси Фатҳуддин Али Муҳаммад мырзаның исеним жарлығын қабыл етип алғанымыздан қуўанышлымыз. Ушырасыў даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди көплеген перспективалы бағдарларда буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысларымызды тастыйықладық,"-деп атап өтти Өзбекстан СИМ басшысы.

Тәреплер нәтийжели ҳәм нәтийжеге бағдарланған шерикликтиң табыслы раўажланыўына үмит билдирди.

"Елшимиз мырзаға әҳмийетли дипломатиялық миссиясында үлкен табыслар тилеймиз, нәтийжели ҳәм нәтийжеге бағдарланған шерикликти раўажландырамыз", - деп атап өтти Бахтиёр Саидов.