Мақсетли бағдарлар:

  • 2028-жылға шекем Бирден-бир портал ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын хызметлер санын 900 ге жеткериў;
  • проактив мәмлекетлик хызметлер санын 53 ке ҳәм композит мәмлекетлик хызметлер санын 74 ке жеткериў;
  • бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы жылына халықтың 47 миллиард сум қаржысын үнемлеў ҳәм ҳәкимшилик қәрежетлерди 80 миллиард сумға қысқартыў;
  • пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм халық жыйналатуғын орынларды басқышпа-басқыш 1 мың 100 интерактив киоска менен тәмийинлеў арқалы ҳәкимшилик қәрежетлерди 49 миллиард сумға үнемлеў.

Уйымлараралық мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў арқалы 2025-жыл 1-декабрьден баслап некени рәсмийлестириўде ПҲАЖ уйымлары тәрепинен некелениўши шахслардан медициналық тексериў нәтийжелерин талап етиў, сондай-ақ, некеден ажыралыў бойынша суд қарары талап етиў бийкар етиледи.

Онда некеден ажырасыў ҳаққындағы акт жазыўы суд жайласқан аймақтағы ПҲАЖ уйымы тәрепинен "ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви" АТда автомат тәртипте дүзиледи, сондай-ақ, суд қарарының көширме нусқасы некеден ажырасыў ҳаққындағы гүўалыққа теңлестириледи. Мәмлекетлик бажы ерли-зайыптың екеўинен ямаса биреўинен Мәжбүрий орынлаў бюросының районлық (қалалық) бөлимлери тәрепинен өндириледи.

Сондай-ақ, төмендегилер бийкар етиледи:

  • шақырылыўшылар ҳәм әскерий миннетлилердиң тийисли қорғаныў уйымларына жасаў, оқыў, жумыс ҳәм лаўазым орнындағы өзгерислер ҳаққындағы мағлыўматларды усыныў миннетлемеси;
  • автомототранспорт қуралы мүлк ийесиниң мәнзили автомототранспорт қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықта көрсетилиўин талап етиў.

2025-жыл 1-ноябрьден баслап:

  • физикалық шахслардың жеке мағлыўматлары олардың жеке кабинети арқалы реал ўақыт режиминде Бирден-бир порталға бериледи, олар олардың қағаз түрине теңлестириледи;
  • мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усы мағлыўматлардың қағаз түриндеги көринисин, егер бул мағлыўматлар Бирден-бир порталының мобил қосымшасынан пайдаланған ҳалда усынылған болса, талап етиў қадаған етиледи;
  • Пенсионерлер, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа толмаған баласы менен келген пуқаралар Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат еткенде мәмлекетлик хызметлерден нәўбеттен тыс пайдаланыў бойынша жеңиллик бериледи;
  • Физикалық шахсларды Бирден-бир идентификациялаў системасына (OnelD) альтернатив түрде дизимнен өткериўде шахсты биометрикалық идентификациялаў (Face ID) тәртиби енгизиледи;
  • автомототранспорт қуралы мүлк ийесиниң мағлыўматлары өзгерген жағдайда, мүлк ийесиниң қәлеўине бола автомототранспорт қуралын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы арза ПҲАЖ ямаса МХО тәрепинен ишки ислер уйымларына композит тәртипте жибериледи;
  • мәмлекетлик хызметлер орайларына халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине Бирден-бир портал арқалы енгизилген барлық мәмлекетлик хызметлер бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықы бериледи.
  • Бирден-бир портал, Мәмлекетлик басқарыў орайы ҳәм "Лицензия" АТ арқалы келип түскен арзалар тийкарсыз бийкар етилгенде, мәмлекетлик хызмет ушын өндирилген мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлердиң бир бөлеги ўәкилликли уйымлар тәрепинен пуқараларға қайтарылады.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў инфраструктурасын жақсылаў;

Халық тығыз жасайтуғын орынлар ҳәм мәҳәллелер басқышпа-басқыш 1100 интерактив киоска менен тәмийинленеди. Онда тийисли мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер тиккелей МХО ямаса хызмет көрсетиўши уйымлар арқалы мүрәжат етилгенде төленетуғын сумманың 90 проценти муғдарында өндириледи.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан «Vakolat.uz» бийпул платформасын иске қосыў режелестирилген болып, оның жәрдеминде:

  • мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын басқа шахсларға исеним хатын рәсмийлестириў;
  • юридикалық шахслар тәрепинен рәсмийлестирилген исеним хатларын дизимнен өткериў;
  • барлық түрдеги исеним хатларының ҳақыйқыйлығын онлайн түрде тексериў.

2026-жыл 1-январьдан Мәмлекетлик хызметлердиң бирден-бир реестрин жүргизиў Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылатуғын "Мәмлекетлик хызметлер" автоматластырылған онлайн мәлимлеме системасында әмелге асырылады.

2026-жыл 1-майдан баслап барлық түрдеги лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары "Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызам менен тәртипке салынады ҳәм тек ғана "Лицензия" АТ ямаса ЕСПЖ арқалы әмелге асырылады, Орайлық банк ҳәм Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң ўәкилликлерине тийисли болған лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары буған кирмейди.

Ҳүжжет пенен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде артықша тәртип-қағыйдалар ҳәм бюрократиялық талапларды және де қысқартыў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.

Тастыйықланған дизимлер:

  • 2026-жыл 1-январьдан баслап айырым түрдеги мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди "Санлы ҳүкимет" системасы арқалы усыныў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер;
  • Физикалық шахслардың бирден-бир порталға реал ўақыт режиминде усынылатуғын жеке мағлыўматлары;
  • Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм Бирден-бир портал арқалы басқышпа-басқыш енгизилетуғын мәмлекетлик хызметлер;
  • тезлестирилген тәртипте көрсетилетуғын қосымша мәмлекетлик хызметлер.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.09.2025-жылдан күшке кирген, деп жазады «Norma».