Пәрманға муўапық, мәмлекетлик уйымларда мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң бос лаўазымларын ийелеўдиң жаңа системасы енгизиледи.

2026-жыл 1-марттан баслап:

  • «vacancy.gov.uz» электрон платформасында мәмлекетлик пуқаралық хызметиндеги бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланады;
  • пуқаралар ушын қолайлы болған қәнигелик, лаўазым, мийнетке ҳақы төлеў талапларын белгилеген ҳалда «vacancy.gov.uz» электрон платформасында "жумыс излеп атырған" статусында дизимнен өтиў имканияты жаратылады;
  • «vacancy.gov.uz» электрон платформасында дизимнен өткен ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў бойынша тест сынақларынан табыслы өткен пуқаралар усы платформадағы бос жумыс орынларына талабан болыўы мүмкин.

Бунда:

  • пуқаралар ушын шахсты идентификациялаў ҳәм тест сынақларын қадағалаўдың арнаўлы онлайн системасы арқалы ямаса Агентликтиң арнаўлы үскенеленген имаратларында тест сынақларын тапсырыў имканияты жаратылады;
  • тест нәтийжелери 1 жылға шекем әмел етеди;
  • таңлаўдың қосымша басқышы сыпатында шөлкемлестирилетуғын қәнигелик бойынша билимди баҳалаў тест сынақлары Мәмлекетлик уйымлардың буйыртпалары агентлиги жанындағы Басшы кадрларды баҳалаў орайы тәрепинен шәртнама тийкарында өткериледи.