Қарарға бола, саўда ҳәм кеўилашар комплекслерге дүньяға белгили кийим-кеншек брендлери тартылады ҳәм миллий архитектуралық усылдағы қала шетлеринде заманагөй оутлет орайлары шөлкемлестириледи:
- 1-басқышта (2030-жылға шекем) - Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларында;
- 2-басқышта (2030-жылдан баслап) - туристлик потенциалы жоқары болған басқа елатлы пунктлерде.
2026-жыл 1-февральдан баслап сырт ел пуқаралары Өзбекстан аймағынан шығып кеткенде алдын сатып алынған товарлар ушын төлеген қосымша қун салығы суммасын қайтарыў олардың қәлеўине бола нақ пулда әмелге асырылыўы мүмкин.
2026-жыл 1-марттан баслап:
- туристлик стартапларды - туристлик хызметлердиң жаңа түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша ҳәр жылы 10 ең жақсы жойбарға олар менен байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ 1 миллиард сумнан аспаған муғдарда субсидия ажыратылады;
- мийманханалардың халықаралық тән алынатуғын "жасыл" сертификатларды алыў менен байланыслы, Ҳүкимет тәрепинен тастыйықланатуғын дизимде нәзерде тутылған қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи.