Пәрманға муўапық, ҳәр жылы март айында "Суўды үнемлеў айлығы"
өткерилип, суўды үнемлеў мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаў илажлары әмелге
асырылады.
2027-жыл 1-январьдан баслап:
республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери
басшылары ҳәм олардың орынбасарларының жумыс нәтийжелилигиниң ең әҳмийетли
көрсеткишлерине ишимлик суўын үнемлеў ҳәм заманагөй суў есаплағышларын орнатыў,
оларды аймақлық суў тәмийнаты кәрханаларына аралықтан узатыў нормалары
киргизилмекте;
аймақлық суў тәмийнаты кәрханаларына аралықтан мағлыўматлар берилетуғын
заманагөй суў есаплағышларын орнатпаған республикалық атқарыўшы ҳәкимият
уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери Бас прокуратура тәрепинен қадағалаўға
алынады.
2027-жыл
1-апрельден баслап бюджет шөлкемлери ушын ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў
хызметлери бойынша республика бойынша бирден-бир тарифлер белгиленеди.
Ишимлик суўын
ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў процесслери бойынша өз алдына есап-санақ
жүргизиў жолға қойылады.