Бул Реже «Soliq-servis»
акционерлик жәмийетиниң аймақлық бөлимлери
тәрепинен фермер хожалықларына бухгалтерия есабы ҳәм есабатын жүргизиў бойынша
хызметлер көрсетиў тәртибин белгилейди.
Аймақлық бөлимлер тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген төмендеги
исбилерменлик субъектлерине тийисли хызметлер бийпул көрсетиледи:
пахта ҳәм ғәлле жетистириўши фермер хожалықларына - бухгалтерия есабын
ҳәм есабатын жүргизиў бойынша хызметлер;
жаңадан шөлкемлестирилген фермер хожалықларына олардың қәлеўине бола
дәслепки 6 ай даўамында салық ҳәм финанслық есабатларды жибериў бойынша
хызметлер;
басшылары жаслар
болған жаңадан шөлкемлестирилген фермер хожалықларына - 2 жыл даўамында
көрсетилген хызметлер.
Аймақлық бөлимлер
фермер хожалықларына төмендеги хызметлерди көрсетеди:
фермер хожалығын
бухгалтерия есабы ҳәм есабатын жүргизиў бойынша хызметлер көрсетиў системасына
қабыл етиў;
бухгалтерия
есабын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў;
фермер хожалығы
хызметкерлериниң мийнет ҳақысын, салықлар ҳәм басқа да төлемлерди есаплаў;
фермер
хожалығының салықлары ҳәм жыйымларының есабын жүргизиў;
салық, финанслық
ҳәм статистикалық есабатларды дүзиў;
инвентаризация
өткериўде қатнасыў.