Жаңа нормалар аңшылық процесслерин системаластырыў, аңшылық хожалықларының жумысын раўажландырыў, жабайы ҳайўанларды қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўдың ашық-айдын механизмлерин жаратыўға қаратылған.

Нызамға муўапық, аңшылық гүўалықларын бериў мәмлекетлик хызметлер арқалы әмелге асырылады. Жабайы ҳайўанларды тутыў ушын карточкалар - аңшылық жолламаларын бериў арнаўлы электрон бағдарлама арқалы әмелге асырылады. Бул аңшылық процесин санластырыў ҳәм оның ашық-айдынлығын арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, аң аўлаў орынлары анық белгиленеди. Аң аўлаў тек ғана аңшылық хожалықларына бириктирилген аймақларда, сондай-ақ, еркин аңшылық аймақларында әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылмақта. Еркин аң аўлаў аймақлары ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленеди.

Буннан тысқары, аңшылық хожалықлары ушын жер участкаларын бериўдиң жаңа механизми енгизилмекте. Аўшылық базаларын шөлкемлестириў ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерден, сондай-ақ, тоғай фонды жерлеринен 10 гектарға шекем, нәлханалар шөлкемлестириў ушын 100 гектарға шекем жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы инвестициялық ҳәм шәртнама миннетлемелери тийкарында ижараға бериў нәзерде тутылмақта. Онда жерден пайдаланыў тек ғана аңшылық пенен шекленбейди. Питомниклерде жабайы ҳайўанларды көбейтиў, оларды тәбийғый орталыққа қайтарыў, аңшылық хожалықларында биокөптүрлиликти арттырыўға қаратылған жумысларды әмелге асырыў имканияты да жаратылады.

Буннан тысқары, нәлхана шөлкемлестириў миннетлемеси белгиленбекте. Егер жер участкасы ижараға берилгеннен кейин еки жыл даўамында питомник инфраструктурасы ямаса жабайы ҳайўанларды көбейтиў ушын участка шөлкемлестирилмесе, ижара шәртнамасын бийкар етиў нәзерде тутылмақта.

Нызамға муўапық, аңшылық квоталарын белгилеўде илимий қатнас күшейтиледи. Жабайы ҳайўанларды аўлаў квоталарын анықлаў ҳәм бөлистириўдиң илимий тийкарланған механизмлери жетилистириледи. Бул ҳайўанлардың саны ҳәм популяцияларының жағдайын есапқа алған ҳалда аўлаў көлемин белгилеў имканиятын береди.

Соның менен бирге, питомниклерде бағылып атырған ҳайўанларды тәбийғый орталыққа шығарыў да хошаметленеди. Аңшылық хожалықларына ҳайўанлардың көбейиў дәўирине туўра келмейтуғын дәўирлерде, нәлханада тәрбияланған ҳәм тәбийғый жасаў орталығына шығарылған жабайы ҳайўанлардың санына пропорционал түрде аң аўлаўды шөлкемлестириў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.

Нызамның тийкарғы мақсети - аңшылық саласында бирден-бир ҳәм ашық-айдын ҳуқықый механизмлерди қәлиплестириў, аңшылықты әмелге асырыў үстинен қадағалаўды күшейтиў, ҳайўанат дүньясы ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, биокөптүрлиликти сақлап қалған ҳалда аңшылық хожалықларын раўажландырыўдан ибарат.

Солай етип, аңшылық жумысын тек ғана аңшылық процеси сыпатында емес, ал жабайы ҳайўанларды қорғаў, оларды көбейтиў, тәбийғый орталықты сақлаў ҳәм аңшылық туризми инфраструктурасын раўажландырыў менен биргеликте шөлкемлестириўдиң ҳуқықый тийкары беккемленбекте.

Нызам 2026-жыл 10-сентябрьден күшке кирди.