Өзбекстанда 1-октябрьге шекем педагоглар сыйлық алады, бирақ оның муғдары басқаша болыўы мүмкин

    Билимлендириў 14 қыркүйек 2025 1643

    Социаллық тармақларда 1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен барлық мектеп муғаллимлерине 953 мың сумнан сыйлық берилетуғыны ҳаққында хабар тарқалды. Бирақ бул мағлыўматлар бираз надурыс болып есапланады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-марттағы "Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы ПП-51-санлы Пәрманына муўапық, "Директор қоры"нан берилетуғын сыйлық муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине шекем етип белгиленген. Алдын бул көрсеткиш 50 процент еди.

    Бул сыйлықтың ең жоқары муғдары ҳақыйқатында да 953 мың 250 сум болыўы мүмкин, бирақ мектептиң финанслық жағдайына қарап төлем муғдары аз болыўы мүмкин - мәселен, ең кем мийнет ҳақының 75 проценти, 60 проценти ямаса 50 проценти.

    Әҳмийетлиси, сыйлық тек ғана муғаллимлерге емес, ал мектеплердиң барлық хызметкерлерине - басшы ҳәм техникалық хызметкерлерге де бериледи.

    Солай етип, ҳәр бир мектептиң имканиятына қарап, сыйлықтың муғдары ҳәр қыйлы болады ҳәм барлық билимлендириў мәкемелеринде бирдей муғдарда болыўын күтиўге болмайды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates