Киргизилген өзгерислерге бола, мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымлары тоғай фондының пайдаланылмай атырған жерлерин физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге электрон онлайн-аукцион арқалы ижара ҳуқықы тийкарында бериўи мүмкин.
Экономикалық процессуал кодекске киргизилген өзгерислерге бола, исбилерменлик жумысының айырым түрлери менен шуғылланыў ушын лицензиялардың (руқсатнамалардың) әмел етиўи 10 күннен артық, бирақ 6 айдан көп болмаған мүддетке тоқтатып турылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.
Алдын бул лицензиялардың әмел етиўи 10 жумыс күнинен артық мүддетке тоқтатып турылыўы мүмкин екенлиги белгиленген еди.
Сондай-ақ, "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамға киргизилген өзгерислерге бола, өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын социаллық салықты ықтыярый түрде, БЕМниң кеминде 1 есеси муғдарында төлеў белгиленбекте.
Алдын бул Нызамда бул салықтың муғдары БЕМниң кеминде 50 проценти муғдарында белгиленген еди.