"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 19-март күни республиканың орайлық ҳәм қубла-шығыс ўәлаятларының айырым аймақларында жаўын жаўады.
20-март күни Өзбекстанда жаўын-шашын болмайды.
Бул дәўирде тийкарғы ҳаўа температурасы түнде 5-10гр жыллы, күндиз 15-20гр жыллы, жаўын жаўғанда 13-15гр жыллы. Бундай температура фоны март айының орталары ушын орташа көп жыллық көрсеткишлерге жақын.
16-17-март күнлери республиканың арқа ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ташкентте 16-18-март ҳәм 20-март күнлери жаўын-шашын болмайды. 19-март - ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10гр жыллы, күндиз 17-20гр жыллы, 19-мартта 14-17гр жыллы болыўы күтиледи.