"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бул күнлерде жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Тек ғана республиканың айырым таўлы аймақларында 19-20-ноябрь күнлери айырым жерлерде жаўын, бәлент таўларда қар жаўыўы мүмкин.
Самалдың бағыты тийкарынан шығыстан күшсиз ямаса орташа еседи.
Ташкентте: жаўын-шашын болмайды. 17-18-ноябрь күнлери күндизги ўақытлары 19-21гр жыллы, 19-21-ноябрь күнлери 16-18гр жыллы болады. Түнде тийкарынан 6-8гр жыллы болады.









