"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, шемби күни тек ғана Қарақалпақстан Республикасының айырым районларында жаўын-шашын (жаўын-шашын, қар) болыўы күтиледи.

Екшемби күни Бухара, Наўайы, Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья ўәлаятларының айырым жерлеринде жаўын жаўады. Таўлы аймақларда жаўын-шашын, қар жаўыўы мүмкин. Республиканың қалған аймақларында қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады.

Ҳаўаның температурасы дем алыс күнлери көтериледи: шемби күни 7-10° жыллы, екшемби күни 10-13° жыллы болыўы күтиледи. Түнги температура 2° суўықтан 3° жыллыға шекем болады.

Самалдың бағыты қубла-шығыстан тезлиги 7-12м/с. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

Ташкентте: бүгин күнниң биринши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 4-6° жыллы.

Шемби күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2гр жыллы, күндиз 7-9гр жыллы.

Екшемби күни күнниң екинши ярымында жаўын жаўыўы күтилмекте. Ҳаўаның температурасы түнде 2-4° жыллы, күндиз 10-12° жыллы.

Самалдың бағыты шығыстан күшсизден орташаға шекем.