"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады, күндизги температура 20-25 дәреже ыссы болады. Тек ғана айырым таўлы аймақларда жаўын-шашын болыўы күтилмекте.

Бүгин күндиз шөл аймағында, 4-5-октябрь күнлери арқада ҳәм шөл аймағында айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар бақланыўы күтиледи.

Ташкентте ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы 3-октябрьде 20-22 градус жыллы, 4-октябрьде түнде 10-12 градус жыллы, күндиз 23-25 градус жыллы, 5-октябрьде түнде 10-12 градус жыллы, күндиз 21-23 градус жыллы.