Бул ҳүжжетте пайдаланыўшы субъектке қарап банк карталарының түрлери кеңейтилген. Атап айтқанда:
Бизнес карта - жеке тәртиптеги исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахсқа өз есабындағы қаржыларды басқарыў имканиятын береди.
Социаллық карта - социаллық ҳәм басқа төлемлерден түскен қаржыларды басқарыў ушын мөлшерленген.
Соның менен бирге, персоналластырылған дәслепки эмиссиялық банк карталарын шығарыў ҳәм оларды пайдаланыўшыны идентификациялаўшы мобил қосымшалар арқалы жеделлестириў тәртиби белгиленди.
Енди 14 жастан 18 жасқа шекемги жас өспиримлер коммерциялық банклерде, 14 жасқа шекемги жас өспиримлер болса ата-анасынан бириниң ямаса нызамлы ўәкилиниң жазба келисимине тийкарланып банк картасын еркин ашыўы мүмкин.
Буннан тысқары, бул ҳүжжет пенен юридикалық тәреплерге ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлери ушын төлемди корпоратив банк карталары арқалы әмелге асырыў имканияты жаратылды.








