Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 123 триллион сумға ямаса 13,7 процентке артқан.

Мағлыўмат ушын: 2024-жылдың январь-август айларында хызметлер көлеми 505,8 триллион сумға тең болып, өсиў пәти 113,2 процентти қураған.

2025-жылдың январь-август айларында халықтың жан басына көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 16,7 миллион сумды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 11,5 процентке өсти.

2025-жылдың үйренилип атырған дәўиринде киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 344,9 триллион сумды ямаса улыўма базар хызметлериниң 54,9 процентин қураған.