Пәрманға муўапық, имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығын ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик қадағалаў ҳәм басқарыўды буннан былай да жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

нызамсыз қурылыстың алдын алыў, ерте анықлаў ҳәм сапластырыў механизмлерин жетилистириў;

объектлерди қурыўда жер силкиниўге шыдамлылықты тәмийинлеў ушын қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жуўапкершилигин күшейтиў.

2026-жыл 1-январьдан төмендеги тәртиплер енгизиледи:

2 ҳәм оннан жоқары қабатлы барлық көп қабатлы турақ жайларды инструменталлық-техникалық тексериўден өткериўге қәнигелескен жойбарлаў шөлкемлериниң дизимин қәлиплестириў ҳәм олардың рейтингин "Шаффоф қурилиш" миллий мәлимлеме системасында жүргизиў;

"Шаффоф қурилиш" МКШда инструменталлық-техникалық тексериў жуўмақлары тийкарында имарат ҳәм объектлердиң техникалық жағдайы мониторингин алып барыў;

усыныс характерине ийе болған инструменталлық-техникалық тексериў жуўмақларын бериў әмелиятын тоқтатыў ҳәм тек ғана унамлы жуўмақ болғанда көп квартиралы турақ жайлардан буннан былай да пайдаланыўға рухсат бериў.