Министрликтиң мағлыўматына бола:

9-май (шемби) - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;

10-май (екшемби) - дем алыс күни;

11-май (дүйшемби) - ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни. Жумыс күни - 6 күнлик жумыс ҳәптесине ийе хызметкерлер ушын.

Сондай-ақ, Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен май айының ақырында рәсмий дем алыс күнлери қосымша жәрияланатуғыны атап өтилген.

Мағлыўмат ушын: Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўра келип қалған жағдайда, ол кейинги жумыс күнине көшириледи.