Ҳүжжет Министрлер Кабинетиниң 13.05.2025-жылдағы "Мийнет миграциясы процесслерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы 313-санлы қарарының орынланыўы бойынша ислеп шығылған ҳәм Миграция агентлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен келисилген.
Инструкцияның тийкарғы қағыйдалары.
Паспорт кимлерге тийисли емес: улыўма қағыйдаға бола, реадмиссия тәртибинен өткен пуқараларға мағлыўматлар "Паспорт - виза" системасына киргизилген ўақыттан баслап 2 жыл даўамында сырт ел паспортын рәсмийлестириў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетилмейди.
Төмендеги жағдайларда тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәм басқа тосқынлық етиўши жағдайлар болмаған жағдайда рәсмийлестириў мүмкин:
шет елдеги жақын туўысқанының қайтыс болыўы;
шет елде тезлик пенен емлениў ямаса хирургиялық араласыў зәрүрлиги;
халықаралық илимий, билимлендириў ямаса спорт илажларында қатнасыў;
шегара алды яки анклав аймақларда жасаў;
Президент, Министрлер Кабинети ямаса Президент Администрациясының тапсырмаларын орынлаў.
Ҳүжжетлерди тапсырыў тәртиби
Пуқара Миграция ҳәм персоналластырыў департаменти бөлимлерине тастыйықлаўшы ҳүжжетлер менен мүрәжат етеди (яки Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы арза береди). Арза "Паспорт - виза" системасы арқалы автоматикалық түрде тексериледи. Ҳуқық тастыйықланған жағдайда пуқараға мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў имканияты ҳаққында хабарнама жибериледи.
Мүрәжатларды көрип шығыў
Мүрәжатлар 3 жумыс күни даўамында көрип шығылады. Унамлы шешимнен соң системада автоматикалық бийкарлаў алып тасланады ҳәм паспортты белгиленген нормалар тийкарында рәсмийлестириў басланады.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 30.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады “Norma”.