Өзбекстанда радиоактив шығындылар менен ислесиўде қәўипсизлик талаплары белгиленди

    30 қазан 2025 349

    Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде "Радиоактив шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўда қәўипсизлик талаплары" дизимнен өткерилди. № 3694, 28.10.2025-ж.).

    Ҳүжжет атом электр станциялары, киши модулли ядро реакторлары, изертлеў ядро реакторлары, сондай-ақ, басқа да ядро қурылмаларын эксплуатациялаў ҳәм олардан пайдаланыўды тоқтатыў процесинде пайда болатуғын радиоактив шығындылар (РАШ) менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўда қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша талапларды белгилейди.

    РАШ менен ислесиўде төмендеги қәўипсизлик талапларына әмел етиў керек:

    хызметкерлердиң нурланыў дозалары үстинен турақлы индивидуал қадағалаўды әмелге асырыў;

    РАШ ның активлик дәрежеси бойынша классификациялаў;

    РАШ нурланыўының тарқалыўының алдын алыў ушын қорғаныў ҳәм инженерлик тосықларды қолланыў;

    хызметкерлерди жеке қорғаныў қураллары ҳәм дозиметрия қадағалаўы қураллары менен тәмийинлесин.

    РАШ менен ислесиўде радиациялық қадағалаў формасы объект жойбарында орнатылыўы ҳәм объектти эксплуатациялаў ҳүжжетлеринде көрсетилиўи керек.

    Пайдаланыўшы шөлкемлер эксплуатация ҳүжжетлерин, соның ишинде, РАШ менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер ҳәм қолланбаларды ислеп шығыўды тәмийинлеўи керек.

    Атом энергиясынан пайдаланыў процесинде РАШ пайда болыў нормалары, соның ишинде, РАШ пайда болыўының ҳәр жылы режелестирилетуғын муғдарлық көлемлери есабатта көрсетилиўи керек.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates