Бул баслама Өзбекстанды регионның әҳмийетли IТ-хабларынан бирине айландырыўға қаратылған. Орай үлкен инвестицияларды тартыўы, жоқары технологиялы жергиликли компаниялардың раўажланыўына түртки бериўи, профессионал кадрлар таярлаў ушын заманагөй шараятлар жаратыўы керек.
Орай резидентлери не менен шуғылланады?
«Enterprise Uzbekistan» аймағында бир неше перспективалы бағдарлар бойынша жумыс алып барыўға рухсат бериледи:
санлы технологиялар тараўында программалық тәмийнатты ислеп шығыў, консалтинг ҳәм аутстаффинг;
аралықтан турып ауцорсинг хызметлерин, соның ишинде, BPО хызметлерин көрсетиў;
видео ойынлар ҳәм санлы контент жаратыў - графикадан видео ҳәм аудио продакшенге шекем;
жасалма интеллект технологиялары тийкарында өнимлер ислеп шығыў.
Арнаўлы ҳуқықый режимли айрықша аймақ
Орайға өз алдына аймақ ажыратылып, арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи. Ол Англия ҳәм Уэльс ҳуқықының принциплери ҳәм нормаларына, сондай-ақ, дүньяның жетекши финанс орайларының стандартларына тийкарланады - бул сырт елли инвесторлар ҳәм халықаралық шериклердиң исенимин арттырыўы керек.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 27.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».








