Денсаўлықты сақлаў министрлигинен мәлим етиўинше,
бийпул дәри-дәрмақларды алыў ушын наўқас бириктирилген шаңарақлық шыпакерге
мүрәжат етиў зәрүр. Шыпакер клиникалық протоколларға муўапық зәрүр
тексериўлерди өткереди. Егер кеселлик тастыйықланса, электрон рецепт
рәсмийлестириледи.
Электрон рецепт тексерилгеннен ҳәм тастыйықланғаннан
соң наўқас онда көрсетилген дәрилерди Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў
қоры менен шәртнама дүзген дәриханадан алыўы мүмкин. Дәриханаға дәри
қуралларының баҳасы Қордың қаржылары есабынан қаплап бериледи.
Соны есапқа алыў керек, электрон рецепт
рәсмийлестирилген ўақыттан баслап 7 күн ишинде дәриханаға мүрәжат етиў керек. Егер
белгиленген мүддетте орынланбаса, рецепт қайтадан рәсмийлестириледи.
Қабыл етилген дәрилер шыпакер көрсетпесине муўапық,
әдетте 30 күн даўамында қабыл етиледи. Саўалғанлығы тастыйықланған жағдайда
шаңарақлық шыпакер наўқасты диспансер дизиминен шығарады.
Егер наўқас денсаўлығы жағдайына байланыслы төсекте
жатып қалса ҳәм медициналық мәкемеге өз бетинше мүрәжат ете алмаса, оның үйине
медициналық бригада шығады. Бунда шаңарақлық шыпакер электрон рецепт дүзеди,
дәри-дәрмақлар болса наўқастың шаңарақ ағзасы ямаса патронаж медицина
мийирбийкеси тәрепинен жеткерип бериледи.
Реимбурсация бағдарламасы шеңберинде дәри-дәрмақларды
ҳәр айда бийпул алыў мүмкин.