Қарарға бола, 2026-жыл 1-октябрьге шекем ҳәр бир район (қала) да техникумлар ҳәм мәмлекетлик емес қосымша билимлендириў шөлкемлери жанында кәсиплик устахана-лабораториялар шөлкемлестириледи.

Оның ушын кәсиплик устахана-лабораторияны шөлкемлестириў тилегин билдирген интакерге 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 3 жыл мүддетке БЕМның 1 200 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады.

2026-жылдан баслап коммерцияластырыў потенциалы жоқары болған стартап жойбарлар тийкарында жаңа өнимлер ҳәм техника-технологияларды жаратыў ушын мәмлекетлик техникумлар жанында «spin-off» кәрханаларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Бунда:

кәрханалардың устав фондындағы мәмлекетлик үлести 5 жыл даўамында меншиклестириў қадаған етиледи;

тийисли мәкемелердиң бос турған имарат ҳәм объектлериндеги майданлар 5 жылдан көп болмаған мүддетке ижараға бериледи;

Буннан тысқары, техникум оқыўшыларының стартап жойбарларын әмелге асырыў ушын «spin-off» кәрханаларына Кәсип-өнер билимлендириўин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 1 миллиард сумға шекем грантлар ажыратылады.