Олардың 14 и урыс майыбы, және 14 и жаўынгерлик ҳәрекетлердиң тиккелей қатнасыўшылары болып табылады. Буннан тысқары, 13 адам Ленинград блокадасынан аман қалғанлар категориясына, 19 адам болса фашистлер концлагерлериниң бурынғы тутқынлары қатарына киреди.

Ең көп ветеранлар Ташкент қаласында жасайды - 28 адам. Ташкент ўәлаятында 11, Ферғана ўәлаятында 5 ветеран дизимге алынған. Мәмлекетимиздиң басқа аймақларында олардың саны әдеўир аз.

Қорғаныў министрлиги, сондай-ақ, Өзбекстанның Екинши жер жүзилик урыстағы қатнасыў көлемин еске алды. Архив мағлыўматларына қарағанда, фронтқа 1 миллион 951 мың адам мобилизацияланған болып, республика халқының улыўма саны дерлик 6,5 миллион адамды қурайды. Рәсмий статистика бойынша, фронтқа кеткен 538 мың өзбекстанлы қайтыс болған.

Атап өтилиўинше, мәмлекетимиз тәрепинен ветеранларды социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, урыстың ҳәр бир қатнасыўшысы ҳәм майыбына 30 миллион сумнан бир мәртелик төлем нәзерде тутылған.