Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң мергенлер сайланды командасы бул жарыста үшинши мәрте қатнасты.

Быйылғы жарыста сегиз мәмлекеттен 28 мергенлик командасы қатнасты. Онда Өзбекстан - үш, Бирлескен Араб Әмирликлери - еки, Вьетнам - үш, Монголия - еки, Түркия, Камбоджа, Қазақстан ҳәм Корея Республикасы - бир-бирден, жарыс өткериўши мәмлекеттен 15 команда қатнасты.

Бақлаўшы сыпатында Египет, сондай-ақ, Түркия жандармериясы ўәкиллери қатнасты.

Жарыс бағдарламасы 20 басқыштан ибарат болып, онда қатнасыўшылар күндизги ҳәм түнги ўақытларда арнаўлы тактикалық ҳәм оқ атыў шынығыўларын орынлады. Мергенлерден пистолет, автомат ҳәм снайпер қуралларынан пайдаланыў шеберлигин көрсетиў, қала, таў ҳәм тоғайлы жерлерде ҳәр қыйлы аралықларда нышанға тийиў талап етилди.

Жарыстың өзине тән өзгешелиги сонда болды, арнаўлы оқ атыў шынығыўларының ҳеш бири алдынғы жылғы тапсырмаларды тәкирарламады. Ҳәр бир басқыштың шәрт-шәрти ҳәм қағыйдалары қатнасыўшыларға оның басланыўы алдынан мәлим болды.

Нышанлардың шама менен 40 процентин ҳәрекетлениўши ҳәм ушыўшы нышанлар, соның ишинде, дронлар қурайды. Шынығыўлар тек ғана атыў шеберлигин сынаў емес, ал әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик шараятқа жақын болған жоқары стрессли жағдайларда дыққатты жәмлеў ҳәм өзин тута билиў, шыдамлылық көрсетиў, нәтийжели ҳәрекет етиўге қаратылған.

Жарыс жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы сырт мәмлекетлердиң 13 мергенлик командасы арасында 678,4 балл менен биринши орынды ийеледи.

Жоқары үшликке:

I орын - Өзбекстан - 678,4 балл;

II орын - Вьетнам - 666,6 балл;

III орын - Түркия - 471,1 балл;

Усы тәризде өзбек мергенлери бул халықаралық жарыста избе-из екинши мәрте биринши орынды қолға киргизди. 2024-жылы Өзбекстан Қорғаныў министрлиги командасы екинши орынды ийелеген болса, 2025-жылы жеңимпаз болды.

11-сентябрь күни Ислам Кәримов атындағы халықаралық аэропортта жарыс жеңимпазларын салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтеди.