Таңлаў Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети
тәрепинен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Кәсип-өнер
билимлендириўи агентлиги менен биргеликте өткерилди.
Онда ҳәр қыйлы жастағы - 5 жастан 16 жасқа шекемги балалар,
соның ишинде, бақша тәрбияланыўшылары, мектеп оқыўшылары, қәнигелестирилген
көркем өнер мектеплери оқыўшылары қатнаспақта.
Жуўмақлаўшы басқышта аймақлық таңлаўдан өткен мектепке
шекемги билимлендириў шөлкеминиң балалары тәбият ҳәм қоршаған орталыққа
бағышланған шығармалары менен қатнасты. Қатнасыўшы жаслар тәбият көринислери
ҳаққындағы өз пикирлерин сүўретлер арқалы билдирип, дөретиўшилик ҳәм фантазияны
көрсетти.
Таңлаў жуўмағында ер балалар арасында Тимур Алишеров
(Ташкент қаласы), Салоҳиддин Шокиров (Ферғана ўәлаяты) биринши, Усмонжон
Убайдуллаев (Самарқанд ўәлаяты) үшинши орынларды ийеледи. Қызлар арасында
Кумушой Турсунбекова (Хорезм ўәлаяты) жеңимпаз, Фотима Муродқулова (Самарқанд
ўәлаяты) екинши, Мубина Ҳасанова (Наўайы ўәлаяты) үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен сыйлықланды.
Қәнигелестирилген көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары
арасында таңлаўдың гезектеги басқышы 7-май күни өткерилип, улыўма билим бериў
мектеплериниң оқыўшылары арасындағы аймақлық басқышлар 1-майға шекем даўам
етеди. Жеңимпазлардың жумыслары Самарқандтағы Глобал экологиялық фондтың VIII Ассамблеясында,
сондай-ақ, «Eco Expo Central
Asia 2026» халықаралық көргизбесинде көрсетиледи.
Таңлаў балалардың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, экологиялық
мәдениятын қәлиплестириў, тәбиятты қәстерлеп сақлаў, қоршаған әлемди көркем-эстетикалық
жақтан сезиниўин беккемлеўге қаратылған.