Өзбекстанда экономика тармақларында аэрокосмослық мағлыўматлардан пайдаланыў кеңейтиледи

    30 қыркүйек 2025 533

    Президенттиң "Экономика тармақларында аэрокосмослық мағлыўматлардан пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм аўыл хожалығының төменги буўынларында басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди.

    Ҳүжжетке бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги (Агентлик) тәрепинен төмендеги жағдайларды анықлаў мақсетинде жылына кеминде үш мәрте мәмлекетлик космослық мониторинг өткериледи:

    геология тараўында - жер астынан өзбасымшалық пенен пайдаланыў, соның ишинде, руқсат етиўши ҳүжжетлерде көрсетилген участкадан шығып кетиў;

    жер қатнасықлары тараўында - жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў, сондай-ақ, оларда имарат ҳәм объектлер қурыў;

    экология тараўында - шығындылар сақланатуғын орынлардың белгиленген шегараларынан шығып кетиўи, сондай-ақ, шығындылар ушын жаңа аймақлардың нызамсыз шөлкемлестирилиўи.

    2026-жыл 1-марттан баслап анықланған ўәкилликли уйымлар өзи анықлаған ҳуқықбузарлықлар бойынша мағлыўматларды тийисли контурлар кесиминде SGM платформасына интеграциялаў арқалы санлы форматта онлайн киргизеди.

    Бунда мағлыўматларда ескертиўлер берилгени, ҳуқықбузарлықлар сапластырылғаны, прокуратура ҳәм суд уйымларында ҳүжжетлер көрип шығылғаны ҳаққындағы белгилер жазылыўы керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates