Февраль айының жуўмақларына бола, барлық түрдеги автотранспорт қуралларының улыўма сатылыўы 84,2 мыңды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 6,4 процентке өскен.

Өткен айға салыстырғанда автомобиллер базарындағы белсендилик де унамлы өсиўди көрсетти. Сатыў көлеми 2 процентке өсип, январь айына салыстырғанда дерлик 1,6 мың данаға көбейди.

Саўда-сатыў пәтлериниң ең көп өсиўи Самарқанд ўәлаятында белгиленген болып, бул көрсеткиш 65 процентке, сондай-ақ, Сырдәрья ўәлаятында 7,2 процентке ҳәм Ташкент ўәлаятында 12 процентке өскен.

жаңа автомобиллер сегменти

Февраль айында елимизде ислеп шығарылған жаңа автомобиллердиң сатылыўы 24 мыңға шамалас автомобилди қурап, бул усы жылдың январь айының дәрежесине сәйкес келеди. Соның менен бирге, жыллық көлемде саўда көлеми 10,7 процентке артты.

Сырт елде ислеп шығарылған жаңа автомобиллер сегментинде жоқары өсиў пәти бақланған. Өткен жылдың февраль айына салыстырғанда саўда 1,5 есеге көбейип, дерлик 3 мың данаға жетти.

Электромобиллер сегменти

Жеңил электромобиллер сегментиндеги белсендилик турақлы өсиўди даўам еттирмекте. Февраль айында саўда көлеми 6,9 мың данаға жетти, бул алдынғы айға салыстырғанда 14 процентке көп.

Жыллық көлемде электромобиллер саўдасы 1,5 есеге артқаны усы базар сегментиниң кеңейип атырғанынан дәрек береди.

Аймақлық структура электромобиллер саўдасының тийкарғы көлеми Ташкент қаласына туўра келетуғынын көрсетпекте. Февраль айында пайтахтта 4,5 мыңға шамалас электромобил сатылған, бул усы сегменттеги улыўма саўда көлеминиң шама менен 65 процентин қурайды.

ЭИРОның жәмийетшилик пенен байланыслар секторы.