Өзбекстанда жер асты суўы есаплағышларын дизимнен өткериў ҳәм пломбалаў онлайн режимде әмелге асырылады

    3 қыркүйек 2025 550

    2025-жыл 28-августтан жер асты суўларын алыў имаратларындағы суў өлшеў үскенелерин дизимнен өткериў ҳәм пломбалаў бойынша мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў тәртиби әпиўайыластырылды.

    Енди арзаны Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы да, my.gov.uz порталында да онлайн жибериў мүмкин.

    Хызметтен юридикалық ҳәм физикалық тәреплер пайдаланыўы мүмкин.

    "Өзбекгидрогеология" мәмлекетлик унитар кәрханасының аймақлық гидрогеология станциялары ҳәм районлық (қалалық) салық инспекциялары жуўапкер уйымлар етип белгиленди.

    Хызмет көрсетилгенлиги ушын жыйым базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында, орынлаў мүддети 10 жумыс күнине шекем.

    Тәртип Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 28-августтағы 547-санлы қарары менен тастыйықланған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates