Қарарға бола, 2026-жыл 1-апрельден баслап:

пиллекешлерге ("мәҳәлле жетилиги"ниң коллегиал қарары тийкарында пиллешилик кластери тәрепинен пилле ушын әмелде төленген қаржының 35 проценти муғдарында субсидия ажыратылады;

Тоғайзарластырыў ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлигиниң балансындағы жер майданларында жипекшилик кооперацияларын шөлкемлестириў мақсетинде Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм усы кооперацияның ағзасы болған шаңарақларға (бир шаңарақтың бир ағзасына тек ғана бир мәрте) 4 млн сум муғдарында субсидия ажыратылады;

қурт бағыў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын жумысты үйге алып ислеўшилерге 3 жыл мүддетке БЕМниң 50 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссудалар ажыратылады;

туқымгершилик кәрханаларына пилле туқымын таярлаў жумысына тартылатуғын ҳәр бир мәўсимлик хызметкердиң айлық мийнет ҳақысының 50 проценти, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2 есесинен аспаған бөлеги қаплап бериледи.