Пәрманға бола, 2026-жыл 1-февральдан баслап "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында бирден-бир Социаллық реестр жумыс алып барады.

Онда Социаллық реестрди жүргизиў мәмлекетлик социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары көрсетилетуғын шаңарақларды (адамларды) анықлаў ҳәм олардың социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаў ўазыйпаларын орынлайтуғын "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында әмелге асырылады.

Социаллық реестрде шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайынан келип шығып, олар "мәмлекет тәмийнатындағы", "кәмбағал шаңарақ" ҳәм "кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" деп ажыратылады.

Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың категорияларын анықлаў тәртиби енгизилип, оған муўапық:

ағзалары мийнетке жарамсыз ямаса мийнет имканиятлары шекленген ҳәм ҳәр бир ағзасының улыўма орташа айлық дәраматы ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болған шаңарақлар "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясына киргизиледи;

ағзалары мийнетке жарамлы ямаса мийнет етиў имканиятына ийе болған ҳәм ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын улыўма орташа айлық дәраматы ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болған шаңарақлар "кәмбағал шаңарақ" категориясына киргизиледи;

ҳәр бир ағзасының улыўма орташа айлық дәраматы ең кем тутыныў қәрежетлериниң бир есесинен бир ярым есесине шекем болған муғдарда болған төмендеги шаңарақлар "кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" категориясына киргизиледи:

"мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" ямаса "кәмбағал шаңарақ" категорияларынан шығарылған шаңарақлар;

"мәҳәлле жетилиги"ниң усынысы тийкарында аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақ деп табылған шаңарақлар.