Өзбекстанда аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў системасы жетилистирилмекте

    24 қараша 2025 207

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 21.11.2025-жылдағы "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў механизмин нәтийжели шөлкемлестириў ҳаққында"ғы ПП-223-санлы Пәрманы қабыл етилди.

    Аўыл хожалығы қамсызландырыў системасын енгизиўдиң тийкарғы мақсетлери:

    • аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыўдың нәтийжели системасын енгизиў арқалы тәбийғый ҳәм техногенлик апатшылықлар, өртлер, зыянлы жәнликлер ҳәм кеселликлер тәсиринде өсимликлер ҳәм ҳайўанларға жеткерилген зыянды қаплаў;
    • аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш 20 процентке арттырыў ҳәм оны ислеп шығарыўшылар тәўекелшилигин азайтыў;
    • 2030-жылға шекем аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў қамтып алыўын бюджет қаржылары есабынан қамсызландырыў қәрежетлериниң (қамсызландырыў сыйлығының) 50 процентин қаплаў арқалы 50 процентке жеткериў.

    Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў қоры шөлкемлестирилип, ол "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамда белгиленген ўазыйпа ҳәм функцияларды, сондай-ақ, лицензиясыз қамсызландырыўшы ўазыйпасын әмелге асырады.

    Қамсызландырыў (қайта қамсызландырыў) жумысын әмелге асырыўда лицензия талаплары ҳәм шәртлерине әмел етеди (календарь төлемин төлеў миннетлемеси буған кирмейди).

    2026-жылдан баслап аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар тәрепинен мәмлекетлик жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыўда өнимниң жоғалыў (набыт болыў) қәўип-қәтерин басқышпа-басқыш қамсызландырыў әмелге асырылады.

    Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў шәртнамалары бойынша кластерлер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларының жеңиллетилген кредитлер бойынша қарыздарлығы қапланбайды.

    2025-жылдың ақырына шекем "Аўыл хожалығы қамсызландырыўы" АТ иске қосылады. Онда аўыл хожалығы қамсызландырыў шәртнамасын рәсмийлестириў, қамсызландырыў сыйлығы ушын бюджеттен субсидия алыў, қамсызландырыў төлеми бойынша арзаларды көрип шығыў хызметлери көрсетиледи.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 22.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates