Өзбекстанда «oriGIn Uzbekistan» географиялық көрсеткишлер системасын раўажландырыў бойынша жаңа шөлкем шөлкемлестирилмекте

    Бизнес 10 желтоқсан 2025 81

    Өзбекстанда географиялық көрсеткишлер системасын раўажландырыўдың жаңа басқышы басланбақта. «oriGIn Uzbekistan» коммерциялық емес шөлкеми шөлкемлестирилмекте.

    Бул структура миллий ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың өнимлериниң баҳасын арттырыў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўге қаратылған институт түринде жумыс алып барады.

    «oriGIn Uzbekistan»ның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

    географиялық көрсеткишлердиң миллий системасын раўажландырыўда системалы жәрдем көрсетиў;

    жергиликли ислеп шығарыўшыларға географиялық көрсеткишлерди дизимнен өткериў, басқарыў ҳәм үгит-нәсиятлаўда жәрдемлесиў;

    халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, oriGIn Global менен бирге ислесиўди беккемлеў;

    Өзбекстан өнимлерин географиялық көрсеткишлер менен дүнья базарларында үгит-нәсиятлаў, олардың танылыўын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў.

    Бул басламаның әмелге асырылыўы Өзбекстанның географиялық көрсеткишлер системасын халықаралық стандартларға бейимлестириў, миллий өнимлердиң жәҳән көлеминдеги абырайын арттырыў, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын турақлы арттырыў ушын шараят жаратыў имканиятын береди.

    «oriGIn Uzbekistan»ның шөлкемлестирилиўи миллий экономиканы раўажландырыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлериниң баҳасын арттырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып, олардың халықаралық базарда өзин көрсетиўи ушын кең имканиятлар жаратады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates