Өзбекстанда "Келажак" республикалық орайы шөлкемлестирилмекте

    Билимлендириў 18 қыркүйек 2025 741

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Ҳүжжетке муўапық төмендегилер шөлкемлестириледи:

    Республикалық "Бәркамал әўлад" балалар мектеби ҳәм Республикалық оқыўшы жаслар орайы тийкарында "Келешек" республикалық орайы;

    Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар (қалалар) "Бәркамал әўлад" балалар мектеплери негизинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) "Келешек" орайлары;

    - Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларының "Келажак" орайлары жанындағы балалар туристлик базалары;

    "Келешек" орайларының вертикал системасын енгизиў мақсетинде улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде "Оқыўшылардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша мектеп кеңесгөйи" лаўазымы енгизиледи.

    Мектеп кеңесгөйиниң лаўазымлық мийнет ҳақысы улыўма орта билимлендириў шөлкеми директоры орынбасарының лаўазымлық мийнет ҳақысына теңлестириледи.

    2026-жыл 1-сентябрьден баслап, менеджер сертификатына ийе болған мектеп кеңесгөйлерине сертификаты әмел етиў мүддети даўамында ҳәр айда тийисли лаўазым айлығының 30 проценти муғдарында үстеме төленеди.

    Қарарға муўапық, "Келажак" орайларына:

    шәртнама тийкарында маман қәнигелерди ҳәм мәмлекетлик емес оқыў орайларын тартқан ҳалда дөгереклер шөлкемлестириў;

    ата-аналар менен келисилген ҳалда ата-аналар төлеминиң муғдарын республика бойынша белгиленген ең аз муғдарларға салыстырғанда арттырыў.

    2026-жыл 1-январьдан баслап "Келажак" орайларында оқыў ушын ата-аналар төлеминиң ең аз муғдарлары қайта көрип шығылады.

    "Келажак" орайлары контингент саны бойынша еки топарға бөлинеди.

    Соның менен бирге, 600 ге шекемги контингентке ийе "Келажак" орайлары II топарға, 601 ҳәм оннан асламы болса I топарға киреди.

    Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) "Келешек" орайларының жумысы төмендеги тәртипте шөлкемлестириледи:

    орайлардағы дөгереклердиң жумысы заманагөй ҳәм бирден-бир бағдарлама тийкарында басқышпа-басқыш тийисли бағдарларға қәнигелестириледи;

    инклюзив дөгереклерге тартылған педагогларға айрықша мийнет шараятлары ушын лаўазым айлығының 30 проценти муғдарында ҳәр айда үстеме төленеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates