Қарарға муўапық, Ядро физикасы институты жанындағы Республикалық радиоактив шығындыларды көмиў пункти негизинде Республикалық радиоактив шығындыларды сақлаў орайы (Орай) шөлкемлестириледи.

Орай республикада радиоактив шығындыларды арнаўлы автотранспортта тасыў, қабыл етиў, сайлап алыў ҳәм узақ мүддет қәўипсиз сақлаў бойынша хызмет көрсететуғын бирден-бир мәмлекетлик мәкеме есапланады.

Атап айтқанда, төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген:

республикада ислеп шығарылған ямаса оған алып келинген, пайдаланыў мүддети өткен ямаса истен шыққан радиоактив дереклер менен ислесиў процесинде пайда болған радиоактив шығындыларды таңлап алыў, қайта ислеў ҳәм узақ мүддетли сақлаў;

радиоактив шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўдың инновациялық усылларын ислеп шығыў ҳәм бул бағдарда илимий изертлеўлер алып барыў;

тараўда санластырыў ҳәм мәлимлеме технологияларын енгизиў, сондай-ақ, тийисли мәмлекетлик уйымлар менен мәлимлеме алмасыўын тәмийинлеў.