Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан баслап паралимпия спорт түрлери бойынша республикалық сайланды командаларды қәлиплестириўдиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа тәртиби енгизиледи:
паралимпия спорт түрлери бойынша сайланды командаларды қәлиплестириўде спортшылардың тийисли спорт жарысларындағы нәтийжелери менен бирге спорт нормативлерин орынлаў нәтийжелери де есапқа алынады;
спорт нормативлерине муўапық спорт сайланды командалары қәлиплестирилетуғын паралимпия спорт түрлери бойынша Өзбекстан Республикасы чемпионаты ямаса кубогын өткериў мәжбүрий емес;
паралимпия спорт түрлери менен шуғылланыўшы спортшылардың спорт нәтийжелери «ERP-sport» бирден-бир электрон басқарыў системасына киргизилип, олар тәрепинен спорт нормативлериниң орынланыўын мониторинг етиў ушын зәрүр болған техникалық имканиятлар жаратылады.
Сондай-ақ, Паралимпия сайланды командалары орайы шөлкемлестириледи.
Паралимпия орайы Ташкент қаласының Яшнабад районындағы Олимпия қалашасында жайластырылады.








