Өзбекстанда халықаралық аккредитациядан өткен биринши "Ҳалал" сертификатлаў уйымы шөлкемлестирилди

    16 қазан 2025 1238

    Түркияның "Ҳалал" (HAA) аккредитациялаў агентлигиниң тийисли қарарына муўапық, Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы "Өзбекстан илимий- сынаў ҳәм сапа қадағалаў орайы" («UzTest») мәмлекетлик мәкемеси Өзбекстанда өнимлерди "Ҳалал" стандартлары бойынша сертификатластырыўды әмелге асырыў бойынша биринши аккредитациядан өткен уйым сыпатында тән алынды.

    Бул ҳаққындағы мағлыўмат Түркияның "Ҳалал" аккредитация агентлиги рәсмий веб-сайтында жәрияланды.

    "Ҳалал" сертификатлаў уйымы OIC/SMIIC 2:2019 - "Муўапықлықты баҳалаў: "Ҳалал" сертификатын бериўши уйымларға қойылатуғын талаплар" халықаралық стандарты тийкарында аккредитациядан өткерилди. Бул Өзбекстанда "Ҳалал" стандартлары тараўында жумыс алып барып атырған шөлкемлер ушын жаңа басқышты баслап бермекте.

    Ҳәзирги ўақытта дүньяда "Ҳалал" стандарты ҳәм сертификатына болған талап барған сайын артып бармақта. Атап айтқанда, өнимлерди экспорт етиўде ҳәр бир түрдеги өним ушын тийисли сертификат талап етиледи, олардың арасында "Ҳалал" сертификаты тийкарғы орынды ийелейди. Бул сертификат сырт еллерге, әсиресе, Ислам мәмлекетлери стандартлары ҳәм метрологиясы институтына ағза мәмлекетлерге товарларды экспорт етиўде техникалық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.

    Халықаралық экспертлердиң пикиринше, "Ҳалал" тараўы дүнья экономикасының ең тез өсип атырған бағдарларынан бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта "Ҳалал" азық-аўқат ҳәм ишимликлер базарының көлеми дерлик 2 триллион АҚШ долларын, "Ҳалал" туризм көлеми болса дерлик 400 миллиард долларды қурамақта.

    Бул нәтийже Өзбекстанның халықаралық стандартлар системасына интеграцияласыў процесинде әҳмийетли қәдем болып, мәмлекетимиз өнимлериниң дүнья базарларында бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates