Ассоциация базар қатнасыўшыларының нызамлы мәплерин қорғаў, бирден-бир қағыйдаларды ислеп шығыў, мәмлекетлик уйымлар менен системалы муўапықластырыў, турақлы қала транспорты тараўында экспертиза алмасыў ҳәм инновацияларды алға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилген.
“Bolt Mobility Services”, “Transport-Share” ҳәм «Qwatt Bikes» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери Ассоциацияның шөлкемлестириўшилери болды.
Ассоциация жумысының тийкарғы бағдарлары:
базар қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ҳәм мәмлекет пенен сөйлесиўде олардың позициясын билдириў;
қәўипсизлик ҳәм сервис сапасы тараў стандартларын ислеп шығыў ҳәм алға қойыў;
тийисли министрликлер ҳәм ҳәкимликлер менен бирге ислесиўди муўапықластырыў;
инновацияларды ҳәм технологиялық модернизацияны қоллап-қуўатлаў, мағлыўматлар ҳәм экспертиза алмасыў;
базарды раўажландырыў, инвестицияларды тартыў, профессионал илажларды шөлкемлестириў.
Шөлкемлестириў мәжилисинен кейин көп ўақыт өтпей, Ассоциация ўәкиллери «Toshkent Invest Kompaniyasi” АЖ менен ушырасыў өткерди, онда кикшеринг операторларын муўапықластырыў, бизнес ҳәм мәмлекетлик структуралар менен биргеликте аналитика алмасыў ҳәм әмелий мәселелерди жедел шешиў ушын турақлы жумыс майданын жаратыў мәселелери додаланды.









