Мәселен, елимиздиң республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары Қазақстанның абырайлы клиникалары менен тәжирийбе алмасыўды жолға қойды. Бир қатар медицина жоқары оқыў орынлары арасында профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы, биргеликте илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў, шеберлик сабақлары ҳәм көргизбели хирургиялық операциялар көбейди.
Бул байланысларды және де беккемлеў мақсетинде күни кеше мәмлекетимиздиң 4 аймағында Қазақстан медицинасы күнлери басланды, деп хабар бермекте Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети. Оның ушын қоңсы мәмлекеттен 100 ге шамалас жетекши медицина хызметкерлери елимизге келди.
Илажлар Самарқанд, Бухара, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы медицина мәкемелеринде өткерилмекте. Төрт күн даўамында жоқары маманлықтағы қазақстанлы қәнигелердиң қатнасыўында кардиология, нейрохирургия, травматология, урология, онкология, гинекология, балалар хирургиясы, эндокринология ҳәм басқа да бағдарлар бойынша мәсләҳәтлесиўлер, наўқаслардың хирургиялық операциялары, қәнигелер ушын шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, Миллий медицина орайы ҳәм қәнигелестирилген медицина мәкемелеринде кардиология, онкология, травматология, фтизиатрия бағдарларында биргеликте жоқары технологиялы хирургиялық операциялар өткериледи.
Сондай-ақ, Қазақстанның 7 жоқары оқыў орны ўәкиллери тәрепинен Ташкент мәмлекетлик медицина университети студент-жаслары арасында пән олимпиадасы ҳәм спор т жарыслары шөлкемлестирилмекте.
Илаж шеңберинде Қазақстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәмлекетимизге 4 мобил медицина комплексин жеткерип береди. Олардың жәрдеминде Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының халқы дәслепки медициналық тексериўлерден өткериледи.
Қазақстан медицинасы күнлериниң жуўмақлаўшы илажы 17-октябрь күни Ташкентте болып өтетуғын "Өзбекстан - Қазақстан: халықты саламатландырыў жолындағы бирге ислесиў" форумы болып, онда денсаўлықты сақлаў тараўындағы келешектеги еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары додаланады.