Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгерислерге бола, қурамында күшли тәсир етиўши элементлер болған дәри қуралларын рецепт бойынша усақлап реализациялаў тәртибин бузыў -

БЕМның 100 есесинен 200 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Әмелдеги редакцияда бул ҳуқықбузарлық ушын БЕМның 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма белгиленген.

Жынаят кодексине киргизилген өзгерислерге бола, қурамында күшли тәсир етиўши элементлер болған дәри қуралларын рецепт бойынша усақлап реализациялаў тәртибин бузыў ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин ямаса көп муғдарда исленген болса, -

БЕМның 200 есесинен 300 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 2 жылдан 5 жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса 5 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.

Әмелдеги редакцияда жәрийманың ең аз муғдары БЕМның 100 есесин қураған еди.

Сондай-ақ, Жер кодексине аўыл хожалығы жер участкасын ижараға алыўшы бир ямаса бир неше жер участкасы бойынша өзиниң ҳуқықлары менен миннетлемелерин басқа шахсқа өткериў имканиятын нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилди.

Сондай-ақ, "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамға киргизилген қосымшаларға бола, "Ватандош" картасы ийесиниң шаңарақ ағзалары оның әмел етиў дәўиринде көп мәртелик виза сыпатында әмелдеги визаның мүддетин созғаны ушын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.